ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ Telegram channel photo

ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

@baxadir_bainazarovPublic Channel

ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ shares Medicina updates and media on Telegram. Join to stay updated.

MedicinaitalianoItalia

48

Last views

262 (262 subscribers)
Membri
—
Rating
30
Total Posts
Oct 17, 2026, 5:43 AM
Aggiornato
Apr 24, 2026
Created
Stats

Stai visualizzando contenuti in italiano. Per visualizzare contenuti in un'altra lingua, cambia la lingua del sito web.

Channel Information

Channel Information
Channel NameӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ
Username@baxadir_bainazarov
CategoryMedicina
Languageitaliano
CountryItalia
Membri262
Channel TypePublic Channel
Created24 apr 2026
Last Updated17 ott 2026 • 4 giorni fa
StatusActive

Classifica

Classifica globale
#113039+611
Classifica per lingua
#1192-1
Classifica per categoria
#2808+8

Crescita abbonati

Totale: 26230 Days growth: +41.6%
09/1809/2309/2810/0310/0810/1310/17
Crescita abbonati - 30 Days
DateSubscribers
18:09:2026258
19:09:2026260
20:09:2026260
21:09:2026260
22:09:2026260
23:09:2026260
24:09:2026260
25:09:2026260
26:09:2026260
27:09:2026260
28:09:2026260
29:09:2026260
30:09:2026260
01:10:2026260
02:10:2026260
03:10:2026260
04:10:2026260
05:10:2026260
06:10:2026260
07:10:2026260
08:10:2026260
09:10:2026260
10:10:2026260
11:10:2026260
12:10:2026260
13:10:2026260
14:10:2026260
15:10:2026260
16:10:2026260
17:10:2026262
Crescita abbonati - Weekly
DateSubscribers
Week of 20:04:2026244
Week of 27:04:2026244
Week of 04:05:2026257
Week of 11:05:2026257
Week of 18:05:2026257
Week of 25:05:2026257
Week of 01:06:2026257
Week of 08:06:2026257
Week of 15:06:2026257
Week of 22:06:2026257
Week of 29:06:2026257
Week of 06:07:2026267
Week of 13:07:2026267
Week of 20:07:2026267
Week of 27:07:2026267
Week of 03:08:2026267
Week of 10:08:2026267
Week of 17:08:2026263
Week of 24:08:2026263
Week of 31:08:2026259
Week of 07:09:2026258
Week of 14:09:2026260
Week of 21:09:2026260
Week of 28:09:2026260
Week of 05:10:2026260
Week of 12:10:2026262
Crescita abbonati - Monthly
DateSubscribers
April 2026244
May 2026257
June 2026257
July 2026267
August 2026263
September 2026260
October 2026262
Crescita abbonati - Yearly
DateSubscribers
2026262

Ultimi post

ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

20 ott 2026, 22:52

...*..*..*...

-Өмир, мени кеширесең бе?...
-Жеңил-желпи қарағаным ушын,
-Өзимде барымды қызғанып, және
сеннен көп нәрсе сорағаным ушын...
-Ҳәккелек атқан бийбас нәпсимди,
Аяғыңа жип қылып орағаным ушын...

-Өмир, сен мени кеширер ме едиң?
-Қәте жасап сени қорлағаным ушын,
-Өзимниң ўақытымды урлағаным ушын...
-Ал, өзим сеннен ырзаман... Өмир!
Маған сабақ берип сынағаның ушын,
-Сынағыңа шыдамай жылағаным ушын.
-Суў сеўип, муз қылған тайғақ жолыңда,
Қыйсық аяқ басып қулағаным ушын...
-Мен саған мың мәрте ырзаман өмир!
Тек ғана түңилдим бирзаман, өмир,
-Маған да рейим ет, шыдағаным ушын!
-Қаталлық қылсаң да жақсы көремен,
Зәҳәр - заққум берсең де асай беремен,
Мени кеширмесең де жасай беремен,
- Билесең бе неге?!.
- Неге?
- Унағаның ушын!

Өжет Байназаров
2022-жыл
https://t.me/baxadir_bainazarov
48003
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

09 ott 2026, 20:29

...*...*...*...

Қуўанғаны сыяқлы жас балалардың,
Келердағы көзиңнен нур таралар күн.
Қысқа деме қосығымды оқып болып,
Ең баслысы "Сен" деп қағаз қараладым...

Өзегимди өртер иште жанып ышқы,
Ықтыярым сол ышқыға бағынышлы.
Мен барлығын жеңермен-аў сабыр менен,
Қәйтсем екен бирақ мына сағынышты?!..

Бул да бар ма муҳәббеттиң безегинде?!,
Ләззет берер жүрегиңди езеринде.
Шайырлықты умытайын деп жүр едим,
Сөзин айтты сағыныш өз гезегинде...

Өжет Байназаров
https://t.me/baxadir_bainazarov
2830012
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

09 ott 2026, 00:36

‎АЎЫЛЫҢА БАЛАСАҢ
‎
‎Дозақ болса жанатуғын бизлермиз...
‎( Өжет шайыр.)
‎
‎Гер қуўырсам жүрегимди сөзимде,
‎Қара күйик бир томарға айланар,
‎Ақ, қараны билесең-ғой өзиң де,
‎Қара бетбиз, еки шайыр ойланар...
‎
‎Дозақ излеп жанды ҳасла қыйнама,
‎Шайыр болып дозақ еттиң ишиңди.
‎Ақыл,есиң шашаў кетсе жыйнама,
‎Ал, ҳүжданың қыппа тайлақ шешинди.
‎
‎Қосықларда намыс бар ма, ар бар ма,
‎Дозағыңда писип олар туўылса.
‎Сақаўсаң ба, сенде яки сыр барма?!
‎Сезимлериң таяқланып қуўылса.
‎
‎Шайыр болып өз ишиңе көмилдиң,
‎Әлле қашан жанып питкен күлмедиң?!
‎Жаўын болып, жаўын болып төгилдиң,
‎Сен өзиңниң ким екенин билмедиң.
‎
‎Гүңелеклик берилмеген өзиңе,
‎Аңлай берип ушырадың азапқа.
‎Дәрт липасын кийиндирип сөзиңе,
‎Өзиң билмей кирип қалдың дозаққа.
‎
‎Билесең бе, сенде бөлек дозақ бар...
‎Қолтығыңда бир дорба сөз, жанасаң.
‎Сениң ушын шайырлық бар, азап бар...
‎Бирақ та сен аўылыңа баласаң.
‎
‎
‎8-октябрь. 2026-жыл.
‎Абат Крамов.
‎Каналымыз:
@Kramov_Abatbay_poeziya
216007
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

08 ott 2026, 13:26

..."..."..."...

Бизлер кимбиз, жүрген бир есермиз,
Нәпси ушын бәринен де кешермиз.
Журттың бәри әп-әнедей пайдақор,
Солай болып жаратылсақ, нетермиз?!
Пейлимиздиң барлаў бираз шатағы,
Бойсынбайтын әдетимиз бар тағы.
Журттың бәри жумсақ-минез әйтеўир,
Мойнымызға бар гүнәни артады.
Ойсыз да биз, ақылы жоқ, санасыз,
Шыртылдаған күйгелек биз, жаман биз.
Журтлар бизди санамайды "адам" деп,
Мен ойлайман: "ел қатары адамбыз".
Тәрбия да алмаған биз, ессиз биз,
Бетке тикке айтатуғын бетсизбиз.
Журттың бәри сыйласықлы, әлпайым,
Биз жарықтан шыға қалған тексизбиз...
Мүсәпир биз, аўыл-үйден безген биз,
"Қой дейтуғын хожа жоқ" деп гезген биз,
Журттың бәри асырап жүр уясын,
Бизлер бунда ойнаў ушын келгенбиз.
Сағынбаймыз бизлер бала-шағаны,
Тасбаўырмыз, биз көшениң адамы.
Журттың бәри шетлеринен садықлар,
Бизлермиз тек жылататын "ҳадал"ын.
Тәңриге де сыйынбаймыз, сүймеймиз,
"О дүнйа"ны ойлап сирә күймеймиз.
Журттың бәри дуўалы-аўыз, мөминлер,
Қабыл болсын қуллығыңыз! Не деймиз...?
Сол жүргенде бизлер Ҳақты излермиз,
Дозақ болса, жанатуғын бизлермиз...
Журтлар сизге Жәннетиңиз оң болсын,
(Бизлер жаман болармедик сизлерсиз?!)
Қарақларым, дым шаршадық өсектен,
Арқамызды тесип жүрген кесектен.
Бүретала жибериңлер Мәҳшерге —
— терис ғана мингиздирип ешекке...

©️Өжет Байназаров
2026-жыл. Жаз.

https://t.me/baxadir_bainazarov
1960017
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

05 ott 2026, 08:36

ТАҢҒЫ ҚЫЯЛ

Кирпиклериң тоспай қарашығыңды,
Бир-биринен айырылған шағында.
Ең биринши қарасыңа илинсем,
Таңларыңда өзим болсам жаныңда...

Күлимлеген Қуяш пенен жарысып,
Нур таратса сулыў жүзиң бөлмеге.
Ийегиңнен әсте сүйип қояр-ем,
Шын ашықлар салып кеткен жол менен...

Бираз жатсаң ийинимнен бас үзбей,
Көкирегиме қойып алақаныңды.
Мойыныма тийген жыллы нәпестен,
Тирилтейин мен де шала жанымды...

Өжет Байназаров
https://t.me/baxadir_bainazarov
2720010
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

22 set 2026, 02:02

Бахадыр Байназаровтың бахыт тойына.


         Той деген сөз елге жағар,
.         Ат шаптырып келди хабар.
          Беташарда дуйым журтқа,
.         Ийилген қыз бахыт табар.

Әрман атлы кетти, ал сен пияда,
Жетемен деў, айт ақылға сыяма?
Дәрбедерлик жарасады дәрўишке,
Өжет шайыр, қайт оннаншы уяңа.

Қайтып келер есигиңди тептиң де,
Илҳәм перилерин қуўып кеттиңбе?
Буркиттиң тусаўын кесейик бирге,
Тойлап киятырмыз үйге жеттиңбе?

Сендей жырлаў қыйын Ўатанды сүйип.
Шайырлық мәртебең таўлардан бийик,
Жасаў аңсат емес мына заманда,
Жолы игрилердиң зейнине тийип.

Палўанлар гүресип шомылсын терге,
Қурдың бар қызығы ҳәўескерлерге,
Шерин тарқатайын Абат Зиянын,
Сөздиң тамашасы керек бизлерге.

Алақабы толы болсын келинниң,
Тасып турсын, күш қуўаты белиңниң.
Қарақалпақ мен боламан дегенсең,
Айнып кетпе, Өжети бол елиңниң!

Той дегенди атқарасаң көп пенен,
Байқа бала той өкпесиз өтпеген,
Жетпей қалса гүманым бар, бирақта,
Арақ көп деп еле ешким сөкпеген.

Ата анаң аман шаңарағың беккем болсын.

✍ Парахат Сулайманов.

23 - сентябрь . 2026 ж.

https://t.me/parahat1982
4730017
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

04 set 2026, 20:01

Көклерде көк-кептер қустаймыз, жаным,
Қайғырма, кел кеўил хошлаймыз жаным,
Мениң танысым жоқ "арғы дүнйа"да,
Бәрибир жәннетке түспеймиз жаным...

© Муҳаммад Юсуф

https://t.me/baxadir_bainazarov
565001
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

27 ago 2026, 01:57

...*...*...*...


Мен де шоқлаў болдым, қулақсыз болдым,
Мен де қуўлық қылдым, көп қылдым қәте.
Мен бир  ўәдепаз болдым, турақсыз болдым...
"Атаңа не қылсаң..."О, тоба!
....Әке...!!!
©Өжет Байназаров
https://t.me/baxadir_bainazarov
5640010
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

27 ago 2026, 01:33

..........АЛА-ТАЎ..........

О, Ала-таў, сақлай бермей қарыңды,
Төк үстиме, сарқырама қылайын.
Еки көзим қуштар сениң қарыңа,
Мен өзим-ақ соның сайы болайын.
О, Ала-таў сақлай берме қарыңды!

Күнлер өтти сен тәрепке бағыў менен,
Өмирим өтер бийҳуўда ҳәм биймәни.
Түним өтер жүрегимди жағыў менен...

Маған тән бе қайғырыў ҳәм қыйналыў?!

Яқ, Яқ!
Достым, мынаў менлик ис емес,
Жалғызлығым бийкарлайды ҳәммесин.
Бул ҳақыйқат...
Мынаў барлық...
Түс емес..!
Мен бийғамман,
Қалай кеўлим ғам жесин?!

Жол көринбес думан-көктиң арасы,
О, Ала-таў, сен де маған уқсайсаң.
Көринген де қара булттың қарасы -
- жағасынан жиберместен услайсаң...

Төксин енди ол да нөсер жамғырын,
Қосып төксин кеўлидеги зәәримди...
Шыдам — екеўмизге тәғдир бул...
Бирақ, сақла, Ала-таўым қарыңды.

О, Ала-таў, қызғанышым бар мениң.
Енди оны жасырғанда нетемен?!
Ўақты келсе  аўзын урып ҳәмменниң—
— сени қарақалпаққа алып кетемен....

©️Өжет Байназаров

27.08.2026
https://t.me/baxadir_bainazarov
5540010
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

16 ago 2026, 22:12

...*...*...*...

Атыңды айтып Ай-Жулдызға мақтанарым,
Мақтанарым бар ма мениң басқа жаным.
Қызғансам да жүрегиңе ҳазар берип,
Сени ойлап күним батып, атар таңым...

©Өжет Байназаров
https://t.me/baxadir_bainazarov
420003
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

15 ago 2026, 21:41

...*...*...*...

Аман қалып талай қыян-кестиден,
Үрикпейтуғын болдық дәўдиң сестинен.
Аспанлардан бир гүбирли еситилер—
—бизди қудай жақлайжақ па?!
...билмедим!

Тири шығып өрт қаплаған тоғайдан,
Бердақ қусап бостан тилеп жылайман.
Суўсыз Әмиў жағасына қулайман,
Енди қайтып ақпайжақ па?!
...билмедим!

Миллион сораў жатыр еле жуўапсыз,
Палўанларым ғаррылардан қуўатсыз...
"Жеңилдик" деп көрген жоқпыз бирақ биз,
Жәббар өзи сақлайжақ па?!
...билмедим!

Үмит үздик, қасқыр менен барыстан,
Бизлер өлсек өлемиз тек намыстан.
Әсир бойы уйқылап жатқан арыслан —
— тағы жүз жыл уйқылайжақпа?!
...билмедим!

©️Өжет Байназаров
2026-жыл
https://t.me/baxadir_bainazarov
5520015
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

13 ago 2026, 03:59

...*...*...*...



Мен де бир адамман, адам баласы,
Бирақ муңға толған кеўил ханасы.
Бахытлы күнлердиң көрмей қарасын -
- шалқып  өмир сүрген күним жоқ мениң...

Шәдия дем излеп мудамы шараптан,
Ақыры жоқ көшеге кирип баратпан.
Мың гүнә болса да, әттең, бирақ та -
- шарапсыз көз илген түним жоқ мениң.

Барлығы данышпан болған заманы,
Кеўлиме бир жылыў тамбай барады...
Ең бир сорлысы, ең бир жаманы -
- биреўге айтардай сыным жоқ мениң.

Жән-жағым қуўрақ ағаш, көзиме жақпас,
Бул қандай мәкан екен, бир шәмен таппас,
Гилең бир тикенек, қаплаған ақбас,
Ҳәз етип ийискердей гүлим жоқ мениң...

Биреў еситпейди, түсинбес ҳешким,
Қашан питер екен қонақлық, бес күн.
Ўа, Тәңрим, шын сөзим, дүньяңнан кештим...
Себеби жалғанда қуным жоқ мениң...

Мынаў наҳақлықтың бәринен безип-
- кетким келер гейде мәҳшерди гезип...
Ишки жаңғырығым жүректи езип –
- сыртқа шығарардай үним жоқ мениң...

Болды мен сақаўман бүгиннен баслап,
Қәйтейин мәниссиз көзимди жаслап.
Бәрибир журт тыңламас, уғынбас ҳасла,
Уғындыратуғындай тилим жоқ мениң...

©️Өжет Байназаров
2026
https://t.me/baxadir_bainazarov
5510013
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

06 ago 2026, 00:25

#күлиу_уақты

ҮШ ТАЛ ШАШ
(ел аузындағы анекдот)

Қарақалпақ - қырсық сөздиң устасы...
Анекдотты баслайын мен қысқасы :
Ертеректе жасап өткен  бир сулыу,
Сол сулыудың болған екен үш шашы...

Үш тал шашы жарасады соныңдай,
Не бир жигит пидә болды жолында.
"Почти кәл" деп ойламаңлар ол қызды -
-он бес кәлдиң тәғдири тур қолында.

Үйде жүрер узын көйлек, бешпентте,
Тәрбиялы, тик қарау жоқ хеш бетке.
Күтилмеген хабар келди сулыуға,
Ақшамдағы болатуғын гештектен.

Қууанғаннан жатық кеули тасынып,
Кийимлерин таярлады асығып.
Орамалын шешип, көрсе айнадан,
Үш тал шашы қалған екен басылып.

Шашын сыйпап өзин-өзи жек көрди,
Дәрриу жууып асығыслы кептирди.
"Прическа" ислеу ушын сулыулап,
Бөлмедеги айна алдына кеп турды.

Өргендеги көрейин деп түримди,
Үш тал шашын өриу ушын урынды.
Енди баслап тийискенде епсиз қыз,
Абайсызда бир тал шашы жулынды.

Ким билипти тәғдир бундай етерин,
Байғус сулыу билмей турды нетерин.
Көп ойланып түйетуғын болыпты,
Басындағы қалған шаштың екеуин.

Бул "планы" басламай-ақ бузылды,
Қасын керип ашыу менен сүзилди,
Қолын енди апарғаны сол екен,
Услағаннан тағы бир шаш үзилди.

Сыбырланар: "барым усы, нетейин?!
Буннан артық қандай илаж етейин?!..."
Бир тал шашын сыйпап турып байғус қыз -
- деген екен: "Қой, жайып-ақ кетейин."

© Өжет Байназаров
2024-жыл
https://t.me/baxadir_bainazarov
6210022
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

03 ago 2026, 14:03

"БИР ҚОСЫҚ ЖАЗҒЫМ КЕЛЕР СЕН ТУЎРАЛЫ"

Бир қосық жазғым келер Сен туўралы,
Тез жетип жүрегиңе баратуғын.
Арадан неше жыллар өтседағы,
Өшпестен кеўилиңде қалатуғын...

Бир қосық жазғым келер, өшпейтуғын,
Қағазды отқа жағып таслағанда,
Муңайсаң ләблериңе күлки сыйлап,
Жубатар көзлериңди жаслағанда...

Бир қосық жазғым келер, көз алдыңнан,
Ашсаң да, жумсаңдағы кетпейтуғын,
Дүняның мың-мыңлаған дәстанлары,
Соның бир қатарына жетпейтуғын...

Бир қосық жазғым келер, зерли қатар,
Баҳасын билип душпан күйетуғын,
Сен оқып сүйсингеннен қатты қысып,
Қағазды қайта-қайта сүйетуғын...

Бир қосық жазғым келер сүйсинердей,
Сениң бар тәрийпиңди жарытқанда,
Тек ғана пәк сезимлер сәўлеленген,
Бойыңнан гүманларды дарытқандай...

Бир қосық жазғым келер Сен туўралы,
Емлердей жүректеги ҳазарыңды,
Ҳәзирше шайыр бола қойған жоқпан,
Билемен бир күн әлбет жазарымды...

©Өжет Байназаров
https://t.me/baxadir_bainazarov
4430011
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

03 ago 2026, 08:00

САМАЛЫМ

Сәл самалға тербеледи жас жаным,
Ўақыт қурғыр, зымырайды қас-қағым.
Балалығым қайта келмес — тарийхым,
Балалығым — жазылмаған дәстаным.

Узын жолда ентигеди өмирим,
Жыллар өтип басылар ма солығым.
Балалығым — жүрегиме сағыныш,
Енди қайтып берер дейсең оны ким?!...

Патшалығым қалып кеткен көшеге,
Сары жарпағым бирим-бирим төселер.
Мейли, жаным тыным таппай тербелсин,
Ўа, самалым, көз аштырмай есе бер...

©Өжет Байназаров
https://t.me/baxadir_bainazarov
485003
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

24 apr 2026, 13:59

...*...*...*...

Барлығы ўақытша,
Жоқшылық та, тоқшылық та...
Жанның ҳазары да, күш-қарыўың да.
Жалған бәри,
Бийтаплығың да, денсаўлығың да,
Билмейсең, бул дүнйаның төри кимде,
Биреўдиң бағы толы гүлге,
Биреўдиң кеўлин шор басқан,
Ўақытша бул да, кеўиллер гүллер,
Бағлар қуўрайды...
Жақсысы да, жаманы да мәңги болмайды.
Ўақытша бәри бул өмирде,
Ўақытша мына өмир де....

©️Баҳадыр Байназаров
269008
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

24 apr 2026, 13:59

ТӘҒДИЙР


Жигит:

Барамыз бир жолдың еки бойында,
Қараўға батына алмаймыз бирақ.
Жалғыз бир сөз айланады ойымда:
— арамыз бес адым, жүреклер жырақ...

Барамыз екеўмиз еки тәрепке,
Мен ҳижранға қарай, ал сен бахытқа.
Кеўлимди әдеўир салып ҳәлекке,
Зорға "Хош бол!" дедим әллеўақытта...

ҚЫЗ:
Барамыз бир жолдың еки бойында,
Нәзерлер қағысып қалмағай!
...
Яқ, яқ!
Билемен не барын сениң ойыңда,
Сөйлеспей турып-ақ, өзиң айтпай-ақ...

Өзиме бойсынбай қалды аяғым,
Қулағымдағы сырға аўырлық етти...
Көргеннен соң баяғы таныс саяны,
Исенесең бе?!
.....жүрегим ҳаўлығып кетти...

Қараўға батына алмайман бирақ...

ЖИГИТ:

Ийбеңе от түссин!
Мендеги арға...
Кешкенмен, бәнелеп "еркек заты"мды,
Қолым менен апарып астым-аў дарға,
Сенлик сезимлеримди, муҳаббатымды...

Кеширим сораўға бетим жоқ ҳәтте,
Кештим деп силтеген қолларым сынсын.
Кеўлимиз усылай жолыққан сәтте,
Қушақласармекен?!...
Бир қудай билсин....

ҚЫЗ:

Аўа...
Ҳақыйқат алдында буға алмайман,
Түсин, ҳеш болмаса сен мени түсин...
Ата-анамның сөзинен шыға алмайман —
— қарақалпақ қызы болғаным ушын...

Кеўилим қыймайды, жүрегим қыймас,
Қызлық ийбем қурысын...
Бәринен бекем...
Маған исенбесең кеўлиңе ойлас,
Қәне, мен туўралы нелер дер екен?!....

ЖИГИТ:

Тоқта!
Сени айыплаўдан жырақпан жаным,
(Ашықлар солай дәрт шекпей ме екен?!
Шерте берсем ески сезимниң тарын—
— журтлар бийзар болып кетпей ме екен?!)

Естен тандырарлық сениң жупарың,
Кем-кем алыслайды...
Қайтыўға жоқ жол!
Сен бахытлы болсаң, мениң утарым...
Бахытлы бол сәўдигим...
Хош бол!

ҚЫЗ:

Тәғдирге бас ийип кетейик енди,
Мейли...
...ҳеш болмаса кеўлиме дос бол...
Бизлерди, биз емес таўқымет жеңди.
....
Хош бол!!!

ЖИГИТ:
Барамыз бир жолдың еки бойында.

ҚЫЗ:
Қараўға батына алмаймыз бирақ!

©️ Баҳадыр Байназаров
3570013
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

24 apr 2026, 13:59

Зийба МЫРЗА

*
Өмиримди өткинши самалға бердим,
Соңғы тыйынымды гәдаға бердим,
Бул делбе руўҳымды Қудаға бердим...

Самал алып барды, гәдаға берди,
Гәда жылап барды, Қудаға берди,
Қуда мени саған қәтеге берди,

Сен мени кимлерге бердиң, Әзийзим?

Қарақалпақшалаған Сағынбай ИБРАГИМОВ
244003
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

24 apr 2026, 13:59

Photo
Үш адам ғана сыр сақлай алады — егер екеўи өлик болса...

©Бенджамин Франклин
333008
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

24 apr 2026, 13:59

ӨМИР

Я, шөктирип жибер, я, қырға шығар,
Мәзи қалқып жүриппен теңизиңде.
Бул ҳалатқа қайсы адамзат шыдар,
Шыдамың жетпейди-аў өзиңниң де...

Яки өртеп жибер, ямаса өшир,
Мәзи ғыжлап турыппан ошағыңда.
Қара бултларыңды төбемнен көшир.
Жайнап бир жасайын қушағыңда...

Сөзге исенейин бе, яки көзиме?
Бәҳәрди көгис дейди, яқ, яқ ол қоңыр.
Қой!...
Усамайтуғын қылып өзиме —
— мени қайта туўмасаң болмайжақ өмир!

©️Баҳадыр Байназаров
Канал:
3780016
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

24 apr 2026, 13:59

...*...*...*...

Сен мени ойламайтын сыяқлысаң...
Бир рет ойлап сезимимниң оят қусын.
Көп гүнәны тағалмайман саған жаным,
...сүймегениң ушын ғана уятлысаң!

Орналасып жүрегимниң төрине Сен,
Мени сирә танымастай көринесең.
Талай түнди қушақласып өткерсек те,
Кеўлиң суўып баратқандай...
Сөзиме исен!

Бул Өжетиң намысының отын қалап,
Ҳәзир өзин, өз торына отыр қамап.
Еле Сени сүйип қалған сол шайырман,
"Бүгин бираз өзгерди деп" жатырқама...

Сәтсиз болып шегип кеткен сапарым,
Түн шөгер-аў, қыйын таңның атары.
Қыялымда, умытқанға усайсаң,
Кешир мени үйде қалған қапалым...

©️ Баҳадыр Байназаров
Канал:
5200011
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

24 apr 2026, 13:59

О, ҚАРАҒАЙ

О, Қарағай! Кербазым, жаным Қарағай!
Турысың, турпатың жанды алады-әй...
Денеңе терис питкен путақтың бирин,
Тәңрим алып көкирегиме қадағай!
Сендей болармедим сонда Қарағай!

Созылып, төбеңди аспанға тиреп,
(Паҳ, саған жарасқан ол қандай жүрек!?)
Таўдың саўлатынан қаймықпай турсаң...
Сендеги сол жүрек маған да керек...
Азымаз отырайын жаўырнымды тиреп.

Үйрет маған, соныңдай айбаттың сырын,
Мен бундай ғайратты көрмеппен бурын.
О, Қарағай, гәп-сөзсиз сыйындым саған,
(Бәлким, Тәңри солай буйырды маған,
Келмеген шығарман қурыдан-қуры...)

Маған минез керек!
Сендеги минез...
Мен сондай минезге мүтәжбен ҳәр гез.
Орнымды жоғалтып алмаўым ушын,
Жаманға жалтақлап бармаўым ушын...
(Бул дүнйа, бул жәмийет, гүрестен-гүрес)

Адамларға мениң өкпем ҳәм гийнем,
Мынандай ызам бар кеўлиме түйген:
Балта алып терис путаңа басып,
Шақаңнан узын бир найзаны жасап,
Бул дүнйаға урыс ашсам ба деймен...

©️Баҳадыр Байназаров
Канал:
4460010
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

24 apr 2026, 13:59

...*...*...*...

Билермедиң?
Мен не деген алғыр едим, жигерли едим...
Қолларыңды бир усладым, соннан кейин,
Жаздырыўды қәлемедим, жибермедим...

Сабырымды,
Сынай берсең, өткеремен қәдиримди,
Сүйиў — деген бир адамды қыйнаў болса,
Сеннен басқа қыйнар едим тағы кимди?

Айым едиң...
Көзиң ушын қурбанлыққа қайымбедим?
Өзиң ушын естен аўған Мәжнүн болсам,
Мен тек ғана көзиң ушын шайыр едим...

©️Баҳадыр Байназаров
3590011
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ logo
ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ

24 apr 2026, 13:59

ЖАРАТЫЛЫС

Мен халқымды Сексеўилге теңеймен,
Ол, саҳраның даңқы кеткен "шынар"ы...
Жарғы кеспес, балта шаппас сексеўил —
— сексеўил менен урсаң ғана сынады...

©Баҳадыр Байназаров

Каналға ағза болыў ушын:
5260010

Showing 30 of 30 posts

Valutazione

Accesso richiesto

Frequently Asked Questions

Di cosa parla il canale Telegram ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ?+

ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ (@baxadir_bainazarov) è un canale Telegram elencato in Medicina su tgdio. Questo profilo mostra classifica, valutazioni, recensioni e post recenti così puoi decidere prima di iscriverti su Telegram. Al momento elenca circa 262 iscritti su tgdio.

Come mi unisco a ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ (@baxadir_bainazarov) su Telegram?+

Apri il profilo del canale su tgdio, poi usa Join / Open in Telegram per andare su @baxadir_bainazarov nell’app o sul web di Telegram e iscriverti gratis.

ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ è un buon canale Medicina?+

Su tgdio puoi controllare valutazione, recensioni, classifica e ultimi post di ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ prima di unirti. Al momento elenca circa 262 iscritti su tgdio. Confrontalo con canali Medicina simili.

Dove vedo le statistiche e i post di ӨЖЕТ ҚОСЫҚЛАРЫ?+

Su tgdio, apri la pagina @baxadir_bainazarov per statistiche iscritti, classifica, valutazioni e post recenti. Usa il link Stats per grafici di crescita e attività.