-Өмир, мени кеширесең бе?...
-Жеңил-желпи қарағаным ушын,
-Өзимде барымды қызғанып, және
сеннен көп нәрсе сорағаным ушын...
-Ҳәккелек атқан бийбас нәпсимди,
Аяғыңа жип қылып орағаным ушын...
-Өмир, сен мени кеширер ме едиң?
-Қәте жасап сени қорлағаным ушын,
-Өзимниң ўақытымды урлағаным ушын...
-Ал, өзим сеннен ырзаман... Өмир!
Маған сабақ берип сынағаның ушын,
-Сынағыңа шыдамай жылағаным ушын.
-Суў сеўип, муз қылған тайғақ жолыңда,
Қыйсық аяқ басып қулағаным ушын...
-Мен саған мың мәрте ырзаман өмир!
Тек ғана түңилдим бирзаман, өмир,
-Маған да рейим ет, шыдағаным ушын!
-Қаталлық қылсаң да жақсы көремен,
Зәҳәр - заққум берсең де асай беремен,
Мени кеширмесең де жасай беремен,
- Билесең бе неге?!.
- Неге?
- Унағаның ушын!
Өжет Байназаров
2022-жыл
https://t.me/baxadir_bainazarov










